Абайлаң, алданып қалмаң! Доп.контракт емес, ал, вакант орынлар ушын оқыўшылар қабыл етилмекте  Бизиң бундай деп жар салып отырғанымыздың мәниси бар. Кешебир танысымды ушыратып қалдым. Ол бираздан берли маған ой" />

REKLAMA

Usi orindi aliw

Beta rejimi

Абайлаң, алданып қалмаң! Доп.контракт емес, ал, вакант орынлар ушын оқыўшылар қабыл етилмекте

Qaraqalpaqstan jan'aliqlari | 30.11.2009 | 538 adam oqidi | 3 komment qaldirildi



Бизиң бундай деп жар салып отырғанымыздың мәниси бар. Кешебир танысымды ушыратып қалдым. Ол бираздан берли маған ойласықлы бир гәп пенен келип-кетип жүр. Анығырағы, «баламды оқыўға киргизиў ушын биреўлерге бир-еки сум пул берип қойған едим, қайтарып ала алмай жүрмен. Қашан барсамда, жақында доп.контрактқа буйрық шығады, сөйлесип қойыппан дейди. Сол рас гәп пе екен, өзи?..» деп тәшўишленип жүрген еди. Ол асығып кетип баратыр екен. Жол болсын сорадым. «Келипти»-деди ол жүреги шәўкилдеп…


Сол күни түстен кейин Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң быйылғы жылғы мәсләҳәт орайының жуўаплы хаткерине барып жолықтым.

-Бул гәпте жан бар. Бирақ доп.контрактқа емес, ал вакант орынларға оқыўшылар алып атырмыз. Дағазаны, студентлердиң дизимин киреберисте илдирип қойыппыз, қәлесеңиз барып көриўиңиз мүмкин,-деди жуўаплы хаткер.

Ҳақыйқатында да, бул гәплер дурыс екен. ҚМУ да бул мәселеде қыстаўлы ҳәм дурыс шешим қабыл етилипти. Кейин басқа жерлерде де болдым. Ол жерлерде де усындай жумыслар жүргизилип атыр.

Кешке қарап жаңағы танысым менен телефон арқалы байланыстым.

-Не қылдың, бала оқыйтуғын болып па?

-Жумыс жаңа басланып атыр дейди, алдын вакант орынларға алатуғын қусайды, доп.контрактың буйрығы соннан кейин шығады, күтиң деди.

-Күтесиз бе?

-Басқа не қыла аламан, топраққа отқояман ба? Қолымнан берип, аяғымнан тоздымғой, иним. Дым илажы болмаса өзиңе тинәў күнги айтқандай етип жазып беремен, қасында таярланған балалар оқып атыр, олардың неше сум бергенин, кимге бергенинде билемен. Бизиң бала қолына берилген «Х вариантты» пайдалана алмағанбыш. Айтпақшы, анаў күнги саған берген қағаз ше? Сол бизиң балаға берилгени… өзи ҳақыйқатында да «Х вариант» па екен, сорастырып көрдиң бе?

-Үйренип атырман.

-Соған беккем болагөр. Сол бала ақшамды алып «Х вариантты» биреўлерден сатып алған, сизиң мақалаңыздағы (ол бизиң усы сайтымыздағы «Және тест сынақлары туўралы…» атлы кеўил кеширмелеримизди нәзерде тутпақта-автор) тест центрге арза берген оқытыўшылар айтып отырған «Н.Н»лер болса да тәжүпленбеймен. Қәне, сәл күтип көрейик, ақыры не менен питер екен?..

Танысыма, бул гәплерден кейин, бирден анаў-мынаў дей алмадым. Бирақ мен быйыл доп.контракт болмайтуғынын анық билип қайтқан едим. Мейли, ол бәри бир мениң блогиме тез-тез кирип турады ғо, өзи-ақ оқып көрип, түсинип алар.

Нәбәда сизлерде усындай аўҳалға түсип, не қыларыңызды билмей жүрген болсаңыз бизиң
электрон почтамызға ( kkreporter@mail.ru ) хат жазың, қолдан келгенинше жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз.


Aling'an jer:
 



 

KOMMENTLER: 3

 


zhetkerbajb avatari

zhetkerbajb
23.01.2010, 00:17

0

Бундай гаплерде-ислерде бурынгы заманнан киятырган курымас нарсе болуы керек.Биз сол парадан кашып 1966 жылы Ленинградка кетип едик--парага халь болмай.Ол уакта канша билгир болсангда,калтанг аззи болса,вуздан дуз даме ету жок еди. 25

kanat07 avatari

Kanat Bektemirov
23.01.2010, 02:20

0

60 - jillardi bilmiedimda, biraq 80 - jillarda para azayip edi, ko'p adamlar oqiwlarg'a o'zinin' ku'shi menen kirgen.
endi voobshe ko'terilip ketti qayttan.

$_Iron_Lady_$ avatari

Leda
23.01.2010, 13:05

0

насколько я поняла, тут речь идет о взятках, так вот, желаю выразить свое личное мнение по поводу этого, корень этой проблемы находится в местном государстве, сколько бы люди не кричали, ничего не изменится пока государство само не захочет все это остановить и не предпримет серьезные меры, а пока существует взятка, будет существовать бездарность у преподователей и студентов, пропадает смысл поступать в учебное заведение за знаниями. что уж тут говорить. проблема долго существует и так же долго будет существовать. мысль не закончена, много можно говорть



Tek sayt ag'zalari komment qaldira aladi. Registratsiya


Soraw

Saytqa bahan'iz?


Na'tiyjeler · Basqa sorawlar

Sherikler

Xorezm Portali