Бул ҳаққында ҳәзирше ҳеш кимге айтып қоймаң... karstars.com Бул ҳаққында ҳәзирше ҳеш кимге айтып қ" />

REKLAMA

Usi orindi aliw

Beta rejimi

Бул ҳаққында ҳәзирше ҳеш кимге айтып қоймаң...

Qaraqalpaqstan jan'aliqlari | 10.11.2009 | 668 adam oqidi | 2 komment qaldirildi


karstars.com Бул ҳаққында ҳәзирше ҳеш кимге айтып қоймаң… ямаса оқыўшыларыма қулақ қағыс

Ҳәр күни компьютерим алдына отырар екенмен, биринши гезекте, почтамды тексерип көремен. Себеби онда Сизлерден     келген жаңа хатлар бар екенин билемен. Тилек, усыныслар, базы биреўлери шағым хатлар… Оларды оқып отырып, айрым адамларға ҳайран қаламан. Неге дегенде, олардың әпиўайы өз мәпин қорғаў көлеминде де ҳуқықый мәдениятының төменлиги көринип турады.

Хабарыңыз бар, интернет пайда болғанлы берли мағлыўмат алыў, мағлыўмат тарқатыўдың усыллары түптен өзгерип кетти. Лекин бул нәрселерге де түсинип қатнас жасаў талап етиледи. Қоршаған орталық, өзиң жасап атырған жәмийеттеги нызам талапларынан келип шығып ҳәрекет етиўиңе туўра келеди. Кимдидур нызамсыз айыплаўға, кемситиўге ҳеш кимге ҳуқық берилмеген.

Бир хат авторы бизден өзиниң қоңсысының есигиниң алдына шығынды суўын төге беретуғынын жазған болса, және бир Нөкис қаласының турғыны көп қабатлы жайлардың биринде бастырыўлы турған «квартираға» үлкен лаўазымдағы бир яшыуллының ҳәр қыйлы қыз-келиншеклер менен келип кетип жүргенин, оның парахор екенин билетуғынын, оған хызмет етип жүрген «жүгирдегиниң» бул «квартираға» сол яшыуллы отырған ҳәмелде бурын ислеп кеткен жигитлер менен де келип кетип жүргенин, кейин олар ҳәмелден түскеннен кейин «сатаман» деп оларды «секирткенлерин» айта келе, бизден усыларды интернетте жәриялаўымызды сорапты.

Ал және бир хат авторы болса жоқары оқыў орынларының бирин питкерген  Н. деген қыздың өзиниң курсласы болғанын, оның ҳеш қашан оқыўға қатнаспағанын, соған мүмкиншилиги бар бир ҳәмелдардың қызының қызын бағып, хызметин қылғаны ушын оған диплом берилгенин айтып жазыпты. Оның үстине, өзиниң анық аты жөнин, оқыған жылларын, факультетин анық етип көрсетип, бул фактлерди үйренип шығыўымызды сорапты.
Жасыратуғыны жоқ, биз бул фактти тез үйренип шықтық ҳәм ҳақыйқатында да хат авторы жазған факультетти сондай студент оқып питкерип, диплом алғанын анықладық. Бирақ ол хат авторы айтқандай магистратураға кирмеген. Анығрағы, ҳүжжетлерин тапсырғаны менен тест сынақларына қатнаспаған. Солай болыўына қарамай оған «приказ» шыққанына гүманымыз бар. Сол ушын мәселени арман тереңлестирип изертлеп отырмадық.

Және бир ерсилеў хаттың авторы бизге мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының напақа берерде тәмегөйлик ететуғынын күйип-писип баян етипти. Оның үстине «мәкан пуқаралар жыйыны баслығы «ақсақал» деп аталады. Бирақ олардың айырымларына өзиниң шаңарағында абыройы жоқ, мәскүнем ер адамлар менен басқаға ақыл бермек түўе өзине ақылы жетпейтуғын ҳаяллар-қызлар сайланып кеткен» деп жүдә бир аўыр гәплерди келтирипти. Бирақ, бизиң ойымызша, бул хаттың өз жуўабы өзинде болса керек. Ақыры, онда «сайланған» деп анық етип жазып қойыпты ғой…

Мениң усы блогимде жәрияланып атырған базы бир пикирлеримди оқып көрип жазылған усынысларға да бөлек тоқтап өтип, анықлық киргизбесем болмайтуғын түри бар.  Мен тийкарынан республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ислеймен. Бул мениң жеке (персонольный) сайтым. Онда мен жеке өзимниң кеўил кеширмелеримди, газета да жәрияланған өз мийнетлеримди жәриялап бараман. Соңғы ўақытлары базы бир мақалаларымның газета бетинде ўақытша жәрияланбай атырғанлығы себепли өз пикирлеримди баян еттим. Оны оқыған оқыўшыларым сол мақалаларды қайта ислеў бойынша өзлериниң ақыл кеңеслерин, усынысларын берип атыр.  Биз бийхабар болған жаңа фактлер мәлим болмақта.

Деген менен, бул сол фактлерди усы жерде жәриялай бериўге болады дегени емес. Сол ушын бул мәселеге түсинип қатнас жасаўыңызды қәлер едим. Жоқарыда айтқанымыздай, усы дереклер тийкарында, алдағы ўақытлары «Еркин Қарақалпақстан» газетасында мақала жәриялаўды өз алдымызға мақсет етип қойып отырмыз. Оннан кеўлиңиз тоқ болсын. Ол дерлик таяр болып қалды.

«Мен сизге  …. тың   …. мың долларға жай сатып алып, оны пәлен мың долларға қайта ислетип бастырып қойғанын жазған едим. Не ушын оны жәриялаўды иркип атырсыз?..» деген хат авторына айтарым, бундай хатларды илажы болса мен ислейтуғын «Еркин Қарақалпақстан» газетасының редакциясына, болмаса газетаның erkinkk@bk.ru This e-mail address is being protected from spambots. You need JavaScript enabled to view it   деп аталатуғын электрон почтасына жиберсеңиз мақулырақ болған болар еди. Биз оны рәсмий түрде үйренип шығып, егер онда көрсетилген фактлер тастыйықланса оны кең жәмийетшиликтиң нәзерине усынған болар едик.

Усы мазмундағы хатлар тийкарында исленип атырған мақламызды қашан газетасы бетинде жәрияламақшы екенимизге қызығып жүрген оқыўшыларымызға айтарымыз, аз қалды, күтиң. Бирақ анық бир ўақтын айта алмаймыз, ол ҳәзирше анық емес. Улыўма оны узаққа созып жүриў де нийетимиз жоқ. Дерлик таяр болып қалды. Жақсысы, ҳәзирше ол сыр болып тура турсын. Сизлерде бул ҳаққында ҳәзирше ҳеш кимге айтып қоймаң…



Aling'an jer:
 



 

KOMMENTLER: 2

 


zhetkerbajb avatari

zhetkerbajb
22.01.2010, 23:40

0

"Еркин Каракалпакстан"газети бизге жетиспеседе-усы жерден-ак хабарын алып турарман деймен... 25

AYNURA avatari

AYNURA 93
25.01.2010, 18:07

0

super!!!!!! boladi jaki oylapsilar



Tek sayt ag'zalari komment qaldira aladi. Registratsiya


Soraw

Internetin'izdin' skorosti qanday?


Na'tiyjeler · Basqa sorawlar

Sherikler

Xorezm Portali