Нақ пул қайда, нақ пул? (2-ши мақала)
Qaraqalpaqstan jan'aliqlari |
12.12.2009 |
584 adam oqidi |
0 komment qaldirildi
-Пай, иним, кешеги сандағы мақалаңда бир мәселени сәл шәлкем-шалыслаў етип, ат үсти айтып кетипсең-дә,-деди бир танысым жол үсти ушырасып қалғанымызда. Оның турмыс тәжирийбеси жетерли адам екенин билемен. Сол ушын: «нени умытыппыз аға, бир мәсләҳәт берип, саўап ис қыласыз-дә енди»- деп оған қулақ түрдим. -Сол қарарлардың үзилиске түсирилиўине тийкар жаратқан қанигелер кимлер? деп конкрет саўал қойыў керек еди. Себеби Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қарар қабыл етилген. Онда сол әмелге асырылыўы тийис ҳәрекет шеңберлери белгилеп қойылған. Оны булжытпай орынлаў ғана онда алға қойылған ўазыйпалардың саррас турмысқа ендирилиўин тәминлей алады. Кериси болса, сол өзиңиз сөз еткендей ақыбетлердиң пайда болыўына тийкар жаратады…
Бул гәплер дөгерегинде узақ ойладым. Тек ойлаў менен шекленбестен, сол Нөкис қаласындағы Х.Турымбетов көшесиниң «Нөкис дийқан базары» менен өзеклес бөлегинде жайласқа спиртли ишимликлер сататуғын саўда шақапшаларын және бир мәрте барып көрдим.
Ҳақыйқатында да, бул жерде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 16-март күнги «Алкоголь өнимлерин усақлап сатыўды тәртиплестириў ҳаққында»ғы 605-санлы қарар талапларының орынланыўының үзилиске түсирилип атырғанын инкар етиў қыйын еди. Сол ушын қала көлеминде қарар талапларын орынлаўын қадағалаўы тийис Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясына мүрәжәт етип, олардың бул машқаланы шешиў бойынша қандай жумыслар алып барып атырғанын үйренип шықтым. Егер, ҳақыйқатын айтатуғын болсам, олар бул бағдарда бир қанша унамлы жумыслар алып барған. Мәселени ҳәр тәреплеме үйренип шығып, тек соңғы еки айдың ишинде усы мәселе бойынша бир емес, еки мәртебе Нөкис қаласы ҳәкиминиң атына усыныс киргизген.
2009-жыл 9-сентябрь күнги 01/4482-санлы хаты менен… 605-санлы қарар талапларының бузылыў ҳалатлары бойынша усыныс киритилгенин билдиреди».
Буннан кейин ҳәкимиятта да болдым ҳәм тийисли қанигелер менен сөйлестим. Мойынлаўымыз керек, ол жерде де жумыс исленбеген дей алмаймыз, «қаралған…», «…соралған». Бирақ тийкарғы мәселе шешилмей қалып киятыр. Анығырағы, сол биз сөз еткен орындағы саўда шақапшалары бүгинги күнге шекем өзлериниң нызамсыз ҳәрекетлерин даўам еттирмекте.
«Мыш-мыш» бул- өз аты менен «мыш-мыш»-тә. Ондай гәплерге онша итибар бере бериўге болмайды. Олай болатуғын болса не ушын нызам талапларының орынланыўын тәминлей алмай атырмыз? Бәлким, бул мәселени нызамда белгилеп қойылғанындай, баспасөзде жәрияланған материал тийкарында Нөкис қалалық прокуроратурасы үйренип шығып, нызамлы баҳа берер.
Ал биз болса бул арада буннан сәл алдын газета оқыўшыларымызға ўәде еткенимиздей, Нөкис қаласы аймағында транспорт хызметин көрсетип, жолаўшылардан түскен көп муғдардағы нақ пулды банк кассаларына тапсырмай, нызам талапларын айланып өтиўге ҳәрекет етип киятырған юридикалық тәреплердеги жағдайларды үйренип шығып, оған өз көзқарасымызды билдириўди нийет етип отырмыз. Неге дегенде, ол жерлердеги жағдайларды да жақсы айтпайды
Aling'an jer:
KOMMENTLER: 0







