Нақ пул қайда, нақ пул? (3-ши мақала)
Qaraqalpaqstan jan'aliqlari |
13.12.2009 |
728 adam oqidi |
3 komment qaldirildi
Сөз етпекши болып отырған мәселеде Нөкис қаласы бойынша зәрүр
жумыслар исленип атырғандай. Қала көлеминдеги алып барылып атырған
жумысларды қанаатландырарсызлық деп айтыўға ҳеш қандай тийкар жоқ. Жоба
көрсеткишлери орынланған, қағазлар саз. Қанигелердиң қолларынан
келгенинше ҳәрекет етип атырғаны көринип-ақ тур. Егер олай болатуғын
болса, нақ ақша мәселесинде неге жағдай жақсыланбай атыр?..Нөкис
қаласында нақ ақшаның айланысы бойынша алып барылған журналистлик
үйрениўлеримиз барысында бул сораўға жуўап табыўға ҳәрекет еттик. Лекин
аңсат болған жоқ. Неге дегенде, жоқарыда айтқанымыздай тараўда алып
барылып атырған жумыслар бир нәўие, жаман емес. Қайсы қаниге менен
ушырассақ та олар өзлери ислеп атырған жумысларды көрсете алады.
Илажлар ислеп шығылған, семинарлар өткерилген. Жеке исбилерменлер,
юридикалық тәреплер менен байланыс жолға қойылған…
Гәптиң тоқ
етерин айтсам, бул мәселени үйрнениў пайытында маған қаланың арғы
басынан берги басына шекем қайта-қайта аралап шығыўға туўра келди.
Дүканларға кирдим. Базар ҳәм саўда қатарларын араладым. Банклерде
болдым. Транспорттағы жағдайларды үйрендим. Сатыўшылар, әпиўайы
тутыныўшылар менен гүрриңлестим. Орын алған жағдай бойынша қанигелер
менен де пикир алыстым.
«Гәптиң бәри Президент пәрманлары менен ҳүкимет
қарарларының саррас турмысқа енгизилўиниң үзилиске түсирилиўинде болып
отыр. Үйде телевизор көремиз. Күнине кем дегенде 10-15 мәрте
республикамызда күшке кирген қарарға тийкар барлық саўда шақапшаларында
қадағалаў касса аппаратлары, терминаллар орнатылыў шәртлилиги,
баҳалардың жазып қойылыўы зәрүрлиги туўралы Өзбекстан Республикасы
Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ислеп шығылған ролик
айландырылмақта. Бирақ ҳақыйқый турмыста оның мәжбүрийлиги жөнинде гәп
жоқ. Бизлер саўда ислейтуғын дүканда Беруний районында ислеп
шығарылған, 1 литрлик пластмасса ыдысқа қуйылған ақ майды 2600 сумнан
сатқаны туўралы салық инспекциясына қоңыраў етип, хабарладық. Ол жерден
ўәкиллер келипте кетти. Нәтийжесин көрмедик. Кейин билсек, ыдыстағы ақ
майдың баҳасы 2200 сумнан екен. Сонда қалған 400 сумды биз не ушын
төлегенбиз, неге буны сол салық инспекциясының хызметкерлери анықлап,
акт дүзип, тийисли шара көрмеген? » деп күйип писеди редакцияға телефон
арқалы қоңыраў етип, өзин «Қызкеткен» елатлы пунктиниң турғыныман деп
таныстырған бир газета оқыўшымыз. Ол өзиниң аты жөнин көрсетпеўди
өтиниш етти. «Себеби,- дейди ол,- мен ертең сол дүканға барып саўда
ислеймен. Шара көрилмесе, қолыңнан не келди деп маған азап берери
турған гәп»
Темир жол вокзалына жақын жерге жайласқан, бир
ўақытлары «базар» деп аталған, бүгинлигинде «саўда қатары» деп
жүритилип киятырған орында да болдым. Жасыратуғыны жоқ, бул жерде Нөкис
қалалық санитариялық-эпидемиеологиялық бақлаў орайының жуўапкерли
қанигелери жақын арада болмағаны көринип тур. Мениң ойымша, егер олар
бул жерде болғанында орын алған жағдайлар бойынша нызамда белгилеп
қойылғанындай шара қолланған болар еди. Неге дегенде, мына
антисанитариялық жағдайды көре-биле турып үндемей киятырған болса,
билмедим, онда бизди Қуданың урғаны…
«Саўда қатары»ндағы 40
қа шамалас тутыныў товарлары, 30 дан аслам орында азық аўқатлық затлар
менен саўда ислеп турғанлардың бирде биреўи қалағалаў касса
аппаратларынан пайдаланып атырғанын көрмедик. Олардың нешеўи нызамлы
тәртипте, нешеўи нызамсыз тәртипте саўда ислеп отырғанында анықлаў
мүмкин болмады. Қалталап Қазақстан унын сатып турғанлар, килолап Нөкис,
Тақыятас унларын сатып отырғанларда баршылық. Олар кимлер, қандай
тәртипте саўда ислемекте, бул жағы бизге қараңғы. Турғын саўда
шақапшаларының атлары жазып қойылмаған. Ишинде жүрип саўда ислеў
мүмкиншилиги жоқ болғанннан кейин затларын сыртқа жайып қойғанлардың
суўықтан қатып турғанын, олардың алдыларына жайылған азық-аўқатлық
затларының шаң тозаңға батып қалғанын көрип басыңды шайқаўдан басқа
илажың қалмайды.
«Шар базар» деп аталатуғын,
автомашиналарға аўысық бөлеклер сататуғын орында болғанымызда, бир
қарыйдардың 70 мың сумға саўда ислегенин бақлап турдық. Лекин оған ҳеш
қандай чек, я болмаса оған теңлестирилген квитанция берилмеди. Таўық
кетектен сәл бәлентлеў, малқорадан сәл пәскелтеклеў етип қурылған
дүканшалар автомашиналардың аўысық бөлеклери менен лыққа толы. Олардың
баҳасы жазып қойылыўы жөнинде гәп болыўы мүмкин емес. Олар кимлер,
қандай тәртипте саўда ислейди? Олардың тапқан табысын салыққа тартыў
ушын қандай жол қолланылады? Саўдадан түскен ңақ пулларды банк
кассаларына кирис ете ме, жоқ па?..
Көптен берли тәртипсиз рәўиште ( стихийний) пайда болған «саўда орынлары» жөнинде гүзетиўлер алып бармақтаман. 22-киши район аймағындағы бурынғы «3-ЖЭК» жайласқан имарат алдындағы, Аллаяр Досназаров көшесиниң А. Шамуратов көшеси менен кесискен муштағы, республикалық емлеўхана алдындағы, №1 медициналық колледжи имаратының қарама қарсы тәрепиндеги жол жағасындағы, гөне қаладағы бәндирги менен жолдың «Шортанбай астоновка» деп аталатуғын тәрепиндеги бундай «саўда шақапшаларында» ҳәр күни бир неше жүз мың сумлық саўда сатықлар исленип атырсада оған ҳеш ким итибар бере бермейди. Я санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайынан болып, я салық инспекциясынан болып бир қаниге бул мәселени көтерип шықпаўына не деў мүмкин?!
Ал бүгинги күни өзлери жасап турған үйлердиң бир
мушынан кафе, асхана ашып ҳеш жерден есаптан өтпестен саўда ислеп
отырғанларды биз билмеймиз бе? Көрмей жүрмиз бе? Қолдан арақ ислеп
(самопал) сатып отырғанлар туўралы еситпей жүрмиз бе? Оған шек қойыўдың
мүмкиншилиги жоқ па? Я болмаса шек қойыўға инта жоқ па? Болмаса ҳәр бир
аймаққа бекитилген салық инспекциясының хызметкери, участкалық милиция,
мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери соларды көрмей жүр деп ойлайсыз
ба? Нызамсыз ҳәрекетке бармақ арасынан қарайтуғын қанигелерден
қутылатуғын ўақыт жетпеди ме екен? Ақыры, солардың себебинен нызам
талапларының бузылыўына, ал оның ақыбетлери болса шешилиўи қыйын,
республиканың экономикасының раўажланыўына кери тәсир ететуғын
машқалаларды келтирип шығарып атырғанына түсиниў соншалық қыйын ба?
Өткен
сапарғы мақаламызда («Еркин Қарақалпақстан» 2009-жыл 10-ноябрь 136-
сан) Нөкис қаласы аймағындағы транспортларда жолаўшы тасыў бойынша
хызмет көрсетип атырған юридикалық тәреплердеги жағдай бойынша сөз
етиўге ўәде еткен едик. Лекин, кейин ойлап көрип бул пикиримизден
қайттық. Неге дегенде, қала аймағындағы 40 қа шамалас траспортта
жолаўшы тасыў хызметин көрсететуғын юридикалық тәрептеги орын алған
жағдайлар туўралы жазған менен ҳеш нәрсе өзгермес екен. Өйткени, бул
жерлерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 9-марттағы
303-санлы қарар талапларының орынланыўы үзилиске түсирилген. Тармақта
жолаўшы тасыўдан келип түсетуғын көп муғдардағы қаржының банктен тыс
айланыўына жол қойылмақта. Рәсмий мағлыўматларға қарағанда, айырым
юридикалық тәреплер ҳәр ай сайын бир неше милионлап сумды банк
кассаларына кем тапсырып киятыр.
Үстимиздеги жылдың
август-сентябрь айларының жуўмағы бойынша, усындай себеплерге
байланыслы республика аймағындағы автотранспортларда жолаўшы тасыў
хызметин көрсетип киятырған 10 юридикалық тәрептиң лицензиясы бийкар
етилген. Соның биреўи қала ишинде хызмет көрсететуғын «Саодат-Нукус»
жеке меншик фирмасы. Фирмаға қараслы «…лицензия алған 32 жолаўшы тасыў
автотранспорты болып, соннан … август айы ушын белгиленген реже 19530
мың сум болып, ҳақыйқатта банк кассаларына тапсырғаны 966,0 мың сумды
қурайды». Қалған 18564 мың сум қайда?
Қызығы лицензиясы бийкарланған сол фирма, биз усы мақаланы жазыў ушын журналистлик изертлеў алып барып атырған бир пайтта, еле өз жөнелислеринде хызмет көрсетип атырған еди. Бул оларға жоқарыдағыдай нызамсызлықлар даўам еттириў ушын толық жол ашып берилгени болса керек?..
Әне,
усындай гәплер. Оннан ким қандай жуўмақ шығарады, қала көлеминде бул
тараўдағы жумыслар шынтлап қолға алына ма, жоқ па? Оны енди ўақыт
көрсетеди. Биз өз ўазыйпамызға әмел қылған ҳалда ол жерлерге бардық,
көрдик, жаздық…
Aling'an jer:
KOMMENTLER: 3

Ондай паразитлерди камау керек!
Нак пул КАЙДА емес,маймыллар........Нак пул КАНЕ болады,и здесь надо поправлять их........... 
o_O qa'ne maymil?
Tek sayt ag'zalari komment qaldira aladi. Registratsiya









Bayram
31.01.2010, 03:36
+1