Нөкисте аймақлық көргизбе басланды  Бүгин, кәсиплесим Қонысбай менен бирге, Нөкис қаласында басланған «Аўылды " />

REKLAMA

Usi orindi aliw

Beta rejimi

Нөкисте аймақлық көргизбе басланды

Qaraqalpaqstan jan'aliqlari | 24.11.2009 | 508 adam oqidi | 0 komment qaldirildi


Нөкисте аймақлық көргизбе басланды Бүгин, кәсиплесим Қонысбай менен бирге, Нөкис қаласында басланған «Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў жылы»на бағышланған аймақлық көргизбени барып көрдим. Таярлық жүдә жақсы болғаны көринип турар еди. Ол үш күн даўам етер екен.

Аўыллық жерлерде қурылыўы мөлшерленген турақ жайлардың макетлери, қурылыс материаллары, турақ жайларды безеў ушын зәрүр болған айна, қапыдан тартып, жеке исбилерменлер тәрепинен таярланған перделерге шекем қойылған.

Көргизбеге қала ҳәм район басшылары, ири кәрхана жетекшилери, киши бизнес ўәкиллери, аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасып атыр. Қәлеген адам барып көриўи мүмкин. Биз ол жерде Қарақалпақстан Республикасы Саўда палатысының баслығы Хожамурат Қайыпназаровты да ушыраттық. Оның менен сәўбетлесип, оннан көргизбе туўралы бираз нәрселерди билип алдық.

Бизге жеке исбилермен Наргул Нағметованың тиккен перде, көрпе, дастық тыслары ҳәм ҳәр қыйлы қолдан тигилген өнерментшилик буйымлары унады. Ол өзи тиккен өнимлерди жеке өзи таныстырып турғаны менен де айрылып турар еди. Әсиресе, оның көргизбеге қойылған турақ жай айналарына арнап тигип. қыстырып қойған перделери бизге жүдә мақул болды.



Жоқарыда айтканымыздай, көргизбе үш күн даўам етер екен. Жүз мәрте еситкеннен бир мәрте барып көрген абзал деген емес пе?!



Aling'an jer:
 



 

KOMMENTLER: 0

 




Tek sayt ag'zalari komment qaldira aladi. Registratsiya


Soraw

Moy Mir @Mail.Ru Proektinde neshe dostin'iz bar?


Na'tiyjeler · Basqa sorawlar

Sherikler

Xorezm Portali