"Перзентлеримиздиң бизден де көре күшли, билимли, дана ҳәм әлбетте, бахытлы болып жасаўы ушын…" гүресейик 2010-жылды Президентимиздиң «Бәркамал әўлад жылы» деп атағанын еситип өзимде жоқ қуўанышқа бөлендим. Биринши" />

REKLAMA

Usi orindi aliw

Beta rejimi

"Перзентлеримиздиң бизден де көре күшли, билимли, дана ҳәм әлбетте, бахытлы болып жасаўы ушын…" гүресейик

Qaraqalpaqstan jan'aliqlari | 11.12.2009 | 522 adam oqidi | 1 komment qaldirildi


 2010-жылды Президентимиздиң «Бәркамал әўлад жылы» деп атағанын еситип өзимде жоқ қуўанышқа бөлендим. Биринши гезекте, ертеңги күнимиз болған жаслар ушын қуўандым. Неге дегенде, жылдың-өсип киятырған жас әўладқа бағышланыўы көп нәрсени аңлатады. Үлкен мүмкиншиликлерден дерек береди. Олар жыл даўамында дыққат орайымызда болады.

Ҳүрметли Президентимиз Өзбекстан Республикасы Конститутциясы қабыл етилгениниң 17 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги сөйлеген сөзинде:  

« … оқыў процесине жаңа мәлимлеме ҳәм педогогикалық технологияларды енгизиў, балаларымызды ҳәр тәреплеме раўажланған инсанлар етип тәрбиялаўда жан күйдирип атырған оқытыўшы ҳәм муғаллимлерге итибарымызды тағы да күшейтиў, қысқаша айтқанда, тәлим-тәрбия системасын сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа көтериў дыққат орайымызда болмағы дәркар.

Тәкирарлап айтыўға туўра келеди – билимлендириў саласында заманагөй мәлимлеме ҳәм компьютер технологиялары, Интернет системасы, цифрлы ҳәм кең форматлы телекоммуникациялардың заманагөй усылларын өзлестириў, бүгинги раўажландырыў дәрежесин белгилеп беретуғын бундай алдынғы жетискенликлер тек мектеп, лицей ҳәм колледжлер, жоқары оқыў орынларына ғана емес, ал ҳәр бир шаңарақтың турмысына кең кирип барыўы ушын тийкар жаратыўдың әҳмийетин терең аңлап жетиўимиз зәрүр.» деген еди.

Бундай мүмкиншиликлердиң жаратылыўы жасларымыздың турмысында өшпес из қалдырары анық. Сол ушын, мениң ойымша, буннан ҳәр биримиз жуўмақ шығармағымыз дәркар. 

Айтайық, әтирапымызда жүз берип атырған ўақыялардың жасларымыз санасына тәсир етиўине итибар қаратыўымыз керек пе? Керек! Сөз бенен истиң бирлигине ерисиўимиз керек пе? Керек! Жасларды өз ҳуқықларын билетуғын саналы ҳәм саўатлы етип тәрбиялаўымыз керек пе? Керек!
Хабарыңыз бар, барлық мектеп, колледж, жоқары оқыў орынлары компьютерлестирилген. Ол жерлерге Интернет тармағы әлле қашан жетип барған болыўы тийис. Ҳақыйқатында да солай ма? Я болмаса сол интернетке жалғанған компьютерлер тексериўшилер келгенде ғана қосылып, есабат ушын ислеп турып па?
Айырым мектеплерде, ҳәтте, бул жағдай айырым колледжлерде де ушырасыўы мүмкин: арнаўлы класс жайларына тийисли үскенелер орнатылғаны менен ол жерлерде дурыслы сабақ өтилмейди. Себеби, ол жерлерге орнатылған приборлар, я электр тармағына жалғанбаған, я болмаса суў қубырларына тутастырылмаған болып шығады. Буны көрип жүрген бала не деп ойлаўы мүмкин?!

Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларындағы ҳәр қыйлы «жыйна-жыйналарға» шек қойылыўы керек. Жаслардың санасын уўлайтуғын бундай ҳәрекетлер жоқарыдағыдай жумысларымыздың мазмунлы болыўына кери тәсир етери турған гәп.

Келиң, ҳәммемиз биргеликте Президент пәрманлары, ҳүкимет қарарлары менен ҳәрекеттеги нызам талапларынан келип шығып ҳәрекет баслайық. Жасларымыздың ертеңи ушын гүресейик. 2010-жыл ҳақыйқый «Бәркамал әўлад жылы» болып тарийхтан орын алсын.



Aling'an jer:
 



 

KOMMENTLER: 1

 


zhetkerbajb avatari

zhetkerbajb
23.01.2010, 00:02

0

Жуда жокары пафос пенен жазылган.Тек"тилегинг кабыл болсыннан"баска гапь бул жерде жонсиз болуы мумкин 3



Tek sayt ag'zalari komment qaldira aladi. Registratsiya


Soraw

Sayttin' betleri qalay ashiladi?


Na'tiyjeler · Basqa sorawlar

Sherikler

Xorezm Portali